Жоллыбай Изентаев 80 жаста

Қоңырат районындағы Мәденият сарайында Өзбекстан халық художниги ,Бердах атындағы сыйлықтың лауреаты, академик  Жоллыбай Изентаевтың 80 жыллығына бағышланған кеше болып өтти.Онда сөзге шыққанлардың атап өткениндей, Жоллыбай Изентаев Қарақалпақстан республикасының “Мәмлекетлик герби”ҳәм “Қарақалпақстан Мәмлекетлик Үлке таныў музейиниң арнаўлы белги”синиң авторы.Художниктиң”Посқан ел”,”Гүллер натюрморты”,”Ана портрети”,”Гүлбәҳәр” портрети,””Қарақалпақ жазыўшылары”,”Арал бүгинги күнде”,”Арал трагедиясы”сыяқлы көплеген шығармалары тамашагөйлер қәлбинен орын алған.
Ж.Изентаев бүгин арамызда жоқ болғаны менен оның жолын шәкиртлери, жаңа әўладлар даўам еттирип, дөреткен шығармалары халқымыздың жүрек төринде мәңги жасайды.

Skip to content