Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери баҳасын көрсетиўши мәлимлеме системасы иске түсириледи

«Республикада азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы (ПП-36-санлы, 16.02.2024-ж.) қабыл етилди.

Пәрманға бола, 2025-жыл жуўмағына шекем азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм тутыныўы тараўында потенциалды турақлы раўажландырыў, қәўип-қәтерлерди анықлаў, баҳалаў, басқарыў ҳәм мониторингин жүргизиў ҳәмде қәўип-қәтерлер ҳаққында ерте хабардар етиўди шөлкемлестириў мақсетинде бир пүтин мәкемелераралық Миллий мәлимлеме платформасы ислеп шығылады.

2025-жыл 1-мартқа шекем аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери ҳәмде олардың базардағы баҳалары ҳаққындағы турақлы, исенимли ҳәм анық мағлыўматлар менен тәмийинлейтуғын “Электрон агросаноат базары” мәлимлеме системасы иске түсириледи ҳәм Миллий мәлимлеме платформасы менен интеграцияланады.

Ҳүжжеттиң рәсмий толық тексти:
https://lex.uz/pdfs/6802687

 

Skip to content