🖌Усы жылдың 9-февраль күни Президентимиз тәрепинен және бир тарийхый «Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдиң қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарға қол қойылды.
Усы қарар менен тек ғана Қарақалпақстан ушын бир қатар имканиятлар берилген. Атап айтқанда:
*киши бизнести қоллап-қуўатлаў комплексли бағдарламасына 320 млрд. сумлық кредит қаржылары бағдарланады;
*«Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы» АЖ тǝрепинен исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў ушын 50 млрд. сум қаржы бағдарланады;
*Социаллық салық төлеп атырған өзин-өзи бǝнт еткен шахсларға «Бизнеске биринши қǝдем» банк пластик карталары арқалы 5 млн. сумға шекемги муғдарда бир жыл мүддетке микроқарызлар бериў ушын коммерциялық банклер тǝрепинен 60 млрд. сум қаржы бағдарланады;
*Ҳǝр жылы «Келешек кǝсиплери» жойбары шеңберинде 1 ярым мың жаслар санлы технологияларға ҳǝм шет тиллерине оқытылады. Бунда санлы технологияларды үйрениў ушын «Жаслар дәптери» фонды есабынан субсидия ажыратыў мүддети Қарақалпақстан Республикасы ушын бир жылға шекем узайтылады;
*2024-жылда киши санаат зоналары, жаслар, исбилерменлик ҳәм санаат зоналары инфраструктура объектлери ушын 5 млрд. сум қаржы ажыратылады.