Қоңырат районы орайынан 30
километр қашықлықта жайласқан “Рәўшан” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында
” Абат шанарақ- абат көше – абат мәҳалле” принциплерин енгизиў бойынша алып барылып атырған кен көлемли жумыслар нәтийжесинде аўылдын келбети жаңа түске енбекте.
3300 ге шамалас халық жасайтугын аймақтың инфраструктурасын жақсылаў, аўыл турғынлары ушын қолайлы турмыс шараятларын жаратыў бағдарындағы жумыслар даўам етпекте.
Аймақ халқының таза ишимлик суўға болған талабын қанаатландырыў мақсетинде суў бөлистириў насос станциясы реконструкцияланбақта. Соның менен бирге суў тазалаўшы станция жаңадан қурылып, иске түсирилиў алдында .1 220 000 000 сумлық реконструкция жумыслары “Аралқурылысмонтажстрой”ЖШЖ тәрепинен әмелге асырылмақта. Бул станция иске қосылғаннан кейин
” Рәўшан” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 580 хожалықтың ишимлик суў тәмийнаты жақсыланады.