Соннан:
Қарақалпақстан Республикасы аймағында инновациялық, жоқары технологияларға тийкарланған, экспортқа бағдарланған ҳәм импорт орнын басатуғын ислеп шығарыўларды шөлкемлестириў бойынша инвестиция жойбарларын әмелге асырып атырған кәрханаларға «Нөкис» еркин экономикалық зонасы қатнасыўшысы дәрежеси бериледи.
2024-жылда Қарақалпақстанда дийқан хожалықларын шөлкемлестириў ушын аўыл хожалығына арналған жер майданлары аукцион саўдаларына шығарылады.
Усы жер майданларында «кооператив» ҳәм «агрегатор» системасына тийкарланған жойбарлар әмелге асырылыўы;
ҳәр бир районда жойбарларды әмелге асырыў ушын майданы 5 гектарға шекемги бир пүтин контурлар таңлап алыныўы ҳәм оларда экспортқа өтимли жоқары дәраматлы егинлер егилиўи тәмийинленеди.