Ең бийбаҳа байлық -тынышлығымыз ҳәм қәтержамлығымыздың қәдирине жетиўимиз,шаңарақларымыз,перзентлеримиз,келеси әўладларымыздың бахты кәмалы ушын бул уллы байлықты асырап -абайлаўымыз лазым.Сол мақсетте жасларымызды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў ,олардың ана журтқа меҳри ҳәм садықлығын асырыўға және де көбирек әҳмийет бериўимиз керек”
Шавкат Мирзиёев
Мәмлекетимиз қорғаныў потенциалын және де беккемлеў ҳәм Қураллы Күшлеримиз қудиретин асырыў Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының тийкарғы бағдарларының бири етип белгиленгени жүдә әҳмийетли. Бул ўазыйпаларды әмелге асырыўда Кураллы Күшлеримиз командирлик қурамы орынлардағы ҳәкимият уйымлары ҳәм халқымыз бенен биргеликте бир тән бир жан болып ҳәрекет қылмақта.
Қоңырат районы мәденият орайында Арқа батыс әскерий округи командири, генерал майор Ф. Шерматов Қоңырат ҳәм Мойнақ районы жаслары менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыў даўамында генерал Ф. Шерматов Қураллы күшлеримизде жүз берип атырған өзгерислер, әскерий структурадағы кең көлемли реформалар, жаңалықлар , жаңа қабыл етилген қарар ҳәм қағыйдалар ҳаққында айтып өтти. Усының менен бирге жасларға жаратылып атырған шараятлар, әскерий оқыў орынларына оқыўға тапсырыўда, хызметке барыў ҳәм жумысқа кириўдеги жеңилликлер ҳаққында түсиник берип өтилди.
Ушырасыўда жаслар тәрепинен де сораўлар берилип, әскерий хызмет ҳәм оқыў орынлары ҳаққында өзлерин қызықтырған көплеген мағлыўматларға ийе болды. Атап өтилгениндей,
ең тийкарғысы, өткен дәўирде миллий армиямыз жаслардың ерк-ықрарын таплайтуғын, оларды өз Ўатаны ҳәм халқына садықлық руўхында тәрбиялайтуғын мәртлик ҳәм шыдамлылық мектебине айланды. Илаж даўамында әскерий хызметкерлер тәрепинен усынылған концерт бағдарламасы жасларға бир әлем заўық бағышлады.
Бугингидей илажлардың өткерилиўи болса перзентлеримиздиң әскерий хызметке, басқаша айтқанда, ел-журт парахатшылығын ҳәм қәтержамлығы, аспанымыз ашықлығы, шегараларымыз қол қатылмаслығын тәмийинлеўге болған қызығыўшылық ҳәм умтылыўын күшейтиўи анық.
Жуўмақлап айтқанда, ҳәр тәреплеме жетик, батыр ҳәм сергек азаматлардың жигерлилигин, ғайратлылығын көргенде, кеўлимиз мақтанышқа толады. Себеби, Ўатанына, халқына садық жигитлер хызмет етип атырған профессионал армиямыз – ғәрезсизлигимиздиң, тыныш ҳәм абадан турмысымыздың исенимли қалқаны болып табылады. Қалаберсе, ата мәканды, ана топырақты қорғаў мәмлекетимизде жасап атырған ҳәр бир пуқараның мүқаддес ҳәм әдиўли миннети есапланады.