“Адамларымыз елимизде жүз берип атырған реформаларды ертең ямаса узақ келешекте емес, бәлким бүгин өз өмиринде сезиниўи керек”
Ш.Мирзиёев
Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен усы жылдың 13-июль күнги «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында Мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў фондын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 228-санлы қарарына тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасындағы 452 ,соның ишинде Қоңырат районындағы 39 мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларының ҳәр бирине 500 млн сумнан қаржы ажыратылған еди.Мәҳәллелерге ажыратылған 500 миллион сум қаржы есабынан “Азатлық” МПЖ
аймағындағы көп қабатлы үйлер алдына беседкалар (дем алыў шертеклери ) қурып питкерилди.