Қарақалпақстандағы дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерине қудық қазыўы ушын 17 млн сумға шекем субсидия бериледи

Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 14-августтағы 378-санлы қарарына муўапық, (https://lex.uz/docs/6569420) Қарақалпақстан Республикасындағы дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң жер майданларын суўғарыў ушын тереңлиги 5 метрден артық болған ҳәр бир вертикал суўғарыў қудығын бурғылаў ҳәм иске түсириў менен байланыслы қәрежетлерин қаплаўға қудықтың ҳәр бир метр тереңлиги ушын 100 мың сумнан бирақ, көби менен БЕМның 50 есесине (17 млн сумға) шекемги муғдарда субсидия бериледи.

Субсидия Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси жанындағы Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў фондының қаржылары есабынан ажыратылады

Skip to content