Абатлықтың ендиги мәнзили -“Елабад”

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен усы жылдың 13-июль күнги «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында Мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў фондын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 228-санлы  қарарына тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасындағы 452 ,соның ишинде Қоңырат районындағы 39 мәкан ҳәм аўыл  пуқаралар жыйынларының ҳәр бирине 500 млн сумнан қаржы ажыратылған еди.
Усы қаржы есабынан бүгин Қоңырат районындағы “Елабад” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы “Елабад ” көшеси жолының  303 метр аралығына қара асфальт қапламасы төселди. Район ҳәкими Бекзод Мадаминов, 2-сектор баслығы, район прокуроры Ж.Муфтиллаевлар көше бийлери менен ушырасып, жол қурылысының барысы менен танысты.
Аймақтың инфраструктурасын еле де жақсылаў мақсетинде ажыратылған бул қаржы есабынан аймақта 525 метр узынлықтағы суў тармақоары тартылады ҳәм 6 дана видеобақлаў камералары орнатылады.

 

Skip to content