Мәмлекетимиз раўажланыўының тийкарғы бағдарлары бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды жаңа басқышқа алып шығыў-дәўир талабы. Өзбекстан Республикасының жаңа редакциядағы Конституциясы қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2023-жыл
11-сентябрь күни «Өзбекстан — 2030» стратегиясы ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди. Пәрман менен халқымыздың еркин ҳәм пәраўан, қүдиретли Жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша бәрше имкәниятларды жаратыў, билимли ҳәм мәдений жетискен әўладты тәрбиялаў, глобал ислеп шығарыўдың әҳмийетли тараўына айланған күшли экономиканы дүзиў, әдиллик, нызам үстинлиги, қәўипсизликтиң кепиллиги тәмийинлениўи нәзерде тутылған.
«Өзбекстан — 2030» стратегиясында үстин жөнелислер белгиленген болып, тийкарғы бағдарлардың бири нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасында реформаларды әмелге асырыўда Конституция ҳәм нызамлардың үстинлигин тәмийинлеў, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеўди суд-ҳуқық реформаларының баслы мақсетине айландырыў, мәмлекет уйымлары ҳәм лаўазымлы шахслардың искерлиги үстинен нәтийжели суд бақлаўын орнатыў ҳәм ҳәкимлик әдиллик системасын және де раўажландырыў, суд ҳәкимиятының ғәрезсизлигин күшейтиў ҳәм оның искерлигинде ашық-айдынлылықты тәмийинлеў арқалы әдил судлаўға ерисиў дәрежесин асырыў, ҳуқық қорғаўшы уйымлардың искерлигин, инсан мәплери, қәдир-қымбаты ҳәм ҳуқықларын қорғаўға бағдарлаў, адвокатура институтының искерлигин асырыў, сондай-ақ, маман ҳуқықый жәрдем көрсетиў системасын раўажландырыў, жәмийетте коррупциялық факторларды сапластырыў системасының нәтийжелилигин асырыў тийкарғы мақсетлер деп белгиленди.
Бул Пәрман мәмлекетимизде әдиллик ҳәм нызам үстинлиги принциплерин раўажландырыўдың ең зәрүрли шәртине айландырыўда әҳмийетли бағдарлардың бири деп есаплаймыз.
С.Абдикаримова
Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды судьясы аға жәрдемшиси.