Алдын хабар бергенимиздей,Қоңырат районы”Рәўшан”аўыл пуқаралар жыйынында “Абат шаңарақ-абат көше-абат мәҳәлле” принциплерин енгизиў бойынша илажлар даўам етпекте.Бул илажлар шеңберинде жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўге айрықша итибар қаратылған.Олар арасында спорттың волейбол, гүрес түрлери бойынша жарыслар шөлкемлестирилип,жеңимпазлар ылайықлы хошаметленди.Сондай-ақ, гүлхан әтирапында шөлкемлестирилген саз-сәўбет бағдарламасы жаслардың кеўилли сәўбетлесип, руўхый дем алыўына имкан жаратты.