Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Халыққа сапалы социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиý ҳәм де оның нәтийжели қадағалаý системасын жолға қойыý бойынша комплекс илажлар ҳаққында”ғы Пәрманына муўапық Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги шөлкемлестирилген еди.
Бүгин агентликтиң райондағы “Инсан”социаллық хызметлер орайының директоры тайынланды. Усы мүнәсибет пенен болып өткен мәжилисте район ҳәкими орынбасарлары Ж.Сейтмуратов, А.Мамутов ҳәм басқалар Пәрманның мазмун-мәнисине кең түрде тоқтап өтти. Мәжилисте Президент жанында шөлкемлестирилген Социаллық қорғаý миллий агентлигиниң Қоңырат районындағы “Инсан”социаллық хызметлер орайының директоры етип алдын Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бөлими баслығы лаўазымында ислеп келген Қурбаниязов Женгис Абдурахманович тайынланды.