Елимиздеги барлық билимлендириў шөлкемлеринде жаңа 2023-2024-оқыў жылы көтериңки кейпиятта басланды. Қоңырат районындағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде де дәслепки оқыў жылының биринши қоңыраўлары қағылып,”Жаңа турмыс ушын,Жаңа Өзбекстан ушын!”ураны астында ғәрезсизлик сабақлары өтилди.Район ҳәкими Б.Мадаминов райондағы 34-санлы айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын класслары бар улыýма орта билим бериý мектебинде болып,мектеп жәмәәтин, ата-аналарды ҳәм оқыўшыларды жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлады.1-класс оқыўшыларына арнаўлы Президент саўғасы-оқыў қуралларынан ибарат топламлар салтанатлы жағдайда тапсырылды.