ЕҢ УЛЛЫ,ЕҢ ӘЗИЙЗ БАЙРАМ

Салтанатлы түрде ашылған амфитеатрда Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығы мүнәсибети менен “Жаңа турмыс ушын,Жаңа Өзбекстан ушын!” сүрени астында байрам илажы көтериңки руўхта болып өтти.Илажда район ҳәкими Б.Мадаминов шығып сөйлеп, район халқын байрам менен қызғын қутлықлады ҳәм соңғы жыллары районда ҳәр бир тараýда ерисилип атырған жетискенликлерди атап өтти. Байрам қуўанышлары мәденият бөлими тәрепинен таярланған “Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!”театрластырылған хореографиялық музыкалы композициясы менен даýам етти. Ана ýатанды,халықлар дослығы ,миллетлер аралық татыýлықты улығлаýшы йошлы намалар,республикамызға белгили көркем өнер шеберлери тәрепинен атқарылған халқымыздың кеýилине қонымлы қосықлар байрам қатнасыýшыларына үлкен заўық бағышлады.
Байрам илажына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Комитет баслығы Ш.Отемисов қатнасты.

Skip to content