“Сүýенли”аýыл пуқаралар жыйыны аймағынан 90 орынға мөлшерленген ,баҳасы 3 млрд 474 млн сумлық 34-санлы мектепке шекемги билимлендириý шөлкеминиң жаңа имараты “Қарақалпақ windows”ЖШЖ тәрепинен қурып питкерилип, пайдаланыýға тапсырылды.Жаңа имараттың ашылыý салтанатында район ҳәкими Б.Мадаминов ҳәм басқалар сөзге шығып,жыйналғанларды елимиз ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығы ҳәм шөлкемниң жаңа имаратының иске түсиýи менен қутлықлады.Буннан соң мийманлар ҳәм ата-аналар шөлкемдеги балалар ушын жаратылған шараятлар менен танысты.Шөлкемде “Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!” сүрени астында “Сәлем бақша”илажы көтериңки руýхта өткерилди.