ҒӘЛЛЕКЕШЛЕРИМИЗ МӘМЛЕКЕТКЕ ҒӘЛЛЕ ТАПСЫРЫЎ РЕЖЕСИН ОРЫНЛАДЫ

Қоңырат районында 2023-жылдың зүрәәти ушын 2022-жылдың гүзинде жәми  3400 гектар майданға ғәлле егилип, 133 фермер хожалығы тәрепинен мәмлекетке  3465 тонна дән тапсырыý бойынша контрактация шәртнамасы дүзилген еди.
Жетистирилген дәнди өз ýақтында набыт етпестен орып-жыйнап алыý мақсетинде ғәлле орым-жыйымы мәýсиминде жәми 12 жоқары өнимли комбайнлар бириктирилип, ҳәр бири отряд усылында жумыс алып барылды.
Нәтийжеде бүгин 3400 гектар майдандағы ғәлле орып алынды.
Районымыз ғәллекешлери тәрепинен ел телегине мәмлекет резерви режесиндеги 3465 тонна , сондай-ақ, тухымлық бийдай режесиндеги 915 тонна қырмызы дән тапсырылып,белгиленген реже 100 процентке орынланды.
Райондағы “Үркинбай”,
“Қоңыратлы Мухаммед”,
“Жаңабай жапар”, “Бес қала дән”, “Дощан аýыл”, “Дәсмеш”, “Султанмурат” фермер хожалықлары бириншилерден болып, мәмлекетке ғәлле тапсырыý режелерин  артығы менен орынлап, жоқары көрсеткишлерге еристи.
Район ҳәкимлиги ғәлле жетистириýде өз үлесин қосқан райондағы барлық фермер хожалықлары баслықлары ҳәм хызметкерлерине, ғәллекешлерге, “Қоңырат пахта кластер” жуýапкершилиги шекленген жәмийетине ҳәм аýыл хожалығы  кәрханалары  мийнеткешлерине, “Қоңырат ун заводы” акционерлик жәмийети жәмәәтине ҳәм ғәлле орым-жыйымында қатнасқан барлық аýылхожалығы мийнеткешлерине терең миннетдаршылық билдиреди, халық ийгилиги жолындағы жумысларында табыс тилейди.

 

Skip to content