“Санаат”мәкан пуқаралар жыйыны баслығы,ҳәким жәрдемшиси,ҳаял-қызлар белсендиси жәрдеми менен мәҳалледе жасаýшы “ҳаяллар дәптери”нде есапта турған Гүмис Касымоваға тигиýшилик искерлигин жолға қойыý ушын мәҳалле имаратынан бир хана ажыратылған еди.Нәтийжеде үш пуқараның бәнтлиги тәмийнленди,қала берсе бул жерде социаллық дәптерлерде есапта туратуғын ҳаял-қызларға бийпул кәсип-өнер үйретилмекте.
Бүгин Гүмистиң шәкиртлери Камшат Дүйсенбаева ҳәм Амангүл Дәýлетмуратоваларға ҳәким жәрдемшисиниң көмеги менен субсидия тийкарында заманагөй тигиý үскенелери алып берилди.-Енди өз жумысымызды жолға қойып,халыққа ҳадал хызмет етип,шаңарағымызға дәрамат табыý имканиятына ийе болғанымыздан қуýанышлымыз,-дейди олар миннетдаршылық пенен.