Тәжирийбе алмасыў семинары

Райондағы  «Каңлы» аўыл пуқаралар жыйынында Камбағаллықты қысқарттырыў ҳәм бәнтлик бөлими баслығы Ж.Қурбаниязов ҳәм пуқаралар жыйынлары басшы-хызметкерлери қатнасында тәжирийбе алмасыў семинары болып өтти.

Семинарда, әдеттегидей пуқаралар жыйынының ҳүжжетлери, пуқаралар менен жумыс алып барыў тәртиби үйренилип, жумыс барысын буннан былай да жетилистириў бойынша өз-ара пикир алмасылды.

Буннан соң ҳәким жәрдемшиси тәрепинен аймақта исбилерменликти жолға қойыў, ҳаял-қызлар белсендисиниң басламасы менен ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде  алып барылып атырған жумыслар, сондай-ақ, жаслар жетекшисиниң аймақтағы жаслардың бос ўақтын мазмунлы өткериў бойынша алып барып атырған жумыслары менен жақыннан таныстырылды.

Илаж жуўмағында мәҳәлле аймағында үй алды қыйтақ жерлеринен үнемли пайдаланып атырған шанарақлардың тәжирийбеси үйренилди

Skip to content