“Мийнет түби рәҳәт”,- дейди дана халқымыз. Ҳақыйқатында да, өзлериниң қыйтақ жерлеринде аянбай мийнет етип, мийнетиниң рәҳәтин көриў, инсанға өзгеше бир заўық бағышлайды.
Ҳәр жылы қыйтақ жеринде мийнет етип, мийнетиниң нәтийжесинде мол өним ҳәм дәрамат алып атырған заманласларымыз арамызда көпшиликти қурайды.
Қоңырат районы “Қаңлы” АПЖ аймағында топырақ пенен тиллесип, қыйтақ жерден мол өним алып атырған дийқанлар баршылық. Аймақтағы бир қанша шаңарақлар өзлериниң қыйтақ жерлеринде дийқаншылық етип, шаңарақ ағзаларының бәнтлигин тәмийинлеп келмекте.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети