Баспа сөз конференциясы болып өтти

Бүгин Қоңырат районы ҳәкимлигиниң киши мәжлислер залында Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң депутатлары ҳәм ҳәкимликтиң мәлимлеме хызмети қатнасында 2023-жылдың дәслепки бес айы жуўмағында әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдағы режелер, сондай-ақ районда жүз берип атырған өзгерислерди ҒХҚ арқалы жарытыў мәселелерине бағышланған баспа сөз конференциясы болып өтти.

Онда Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң секретариат баслығы Б.Ўалибаева сөзге шығы  п, депутатлар тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берди. Буннан соң Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети баслығы З.Абдуллаева ҳәм Қоңырат ҳақыйқаты газетасы редакторы, “Қарақалпақстан”  телевиденийеси районлық хабаршысы Г.Қаражановалар сөзге шығып, депутатлар тәрепинен әмелге асырылған жумысларды ҒХҚ арқалы жарытыўда жақыннан ислесиў ҳәм оператив мағлыўмат алмасыў процесслерин жолға қойыў мәселелерине тоқталып өтти.

Қатнасыўшылар тәрепинен унамлы жумыслар менен бир қатарда, жол қойылған қәте-кемшиликлер де атап өтилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Skip to content