Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм мәҳәллелердеги әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларға арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Мажилисте ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм жол қойылып атырған кемшиликлер атап өтилди.
Быйылғы жылы жәми 62 ҳаял-қыз турақ-жай менен тәмийинленбеген. Әмиўдәрья, Тахтакөпир, Шоманай ҳәм Тақыятас районларында мүтәж болған ҳаял-қызларды турақ-жай менен тәмийинлеў илажлары көрилмеген. Буннан тысқары, 2021-2022-жылларда 15 млрд.сўм қаржы бюджеттен ажыратылған болса да, бүгинги күнге шекем Хожели районында социаллық үй-жайлар ҳаял-қызларға елеге шекем тапсырылмаған.
Белгиленген илажларды дурыс шөлкемлестирмей атырғанлығы себепли айырым мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилери жумысларының рейтинг нәтийжелери төмен дәрежеде болмақта. Соның менен бирге, быйылғы жыл январь-май айларында 54 пуқаралар жыйынларында ҳаял-қызлар белсендилери тәрепинен киши бизнес субъектлерин ашыў илажлары улыўма көрилмеген. Ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў илажлары да қанаатландырарсыз дәрежеде.
Моно-орай, кәсип-өнерге оқытыў орайлары ҳәм мәсканларға жәми 4 493 ҳаял-қыз кәсипке оқытыўға жиберилген. Бирақ, кәсипке таярлаў орынларда тек ған 389 ҳаял-қыз оқытылған.
Шаңарақларда ҳаял-қызларға басым ҳәм зорлықтың көбейиўиниң алдын алыў, ажырымлардың жүз бериўине жол қоймаў, жәмийетте саламат орталықтың қәлиплестириў илажларды да талап дәрежесинде емес. Ҳаял-қызлар арасында ҳуқықбузарлық жағдайларының ушырасыўы көбейген.
Буннан тысқары, ҳаял-қызлар тәрепинен келип түскен мүрәжатларды үйренип шығыўда да қәте-кемшиликлерге жол қойылмақта.
Мүтәж шаңарақларға әмелий жәрдемлер көрсетиў бағдарында январь-май айларында “Темир даптер”ге киргизилген 145 шаңарақларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2 млрд. 182,9 млн.сўм қаржы ажыратып берилген. Деген менен, усы жылы “Темир дәптер”ге киргизилген шаңарақлар айырым жәрдем түрлери бойынша ҳеш бир қала ҳәм районларда улыўма қаржылай жәрдемлер берилмеген.
Мәҳәллелерде халық пенен ең тығыз ислесиўши көше бийлери менен бирге ислесиў жумыслары да төмен дәрежеде жолға қойылған.
Мәҳәлле турғынларының кеўил-кейпиятына унамсыз тәсир ететуғын, наразылықларға алып келиўи мүмкин болған машқалалар анықланбақта ҳәм бул машқалаларды шешиў илажлары көрилиўи белгиленген.
Өткерилген мәжилисте бүгинги күнде 142 пуқаралар жыйыны имарат пенен тәмийинленбегени атап өтилип, бул машқаланы шешиў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
Мәжилисте өз жумысын орынлаўда қәте-кемшиликлерге жол қойғаны ҳәм белгиленген тапсырмаларды орынлаўда немқурайдылық пенен қарағаны ушын Нөкис қаласындағы “Жаңабазар” ҳәм “Қурылысшы” мәҳәллелери, Беруний районындағы “Алтынсай” ҳәм “Шимом” мәҳәллелери, Қоңырат районындағы “Қырыққыз” ҳәм “Көкдәрья” мәҳәллелери, Әмиўдәрья районындағы “Бостан” мәҳәллеси ҳаял-қызлар белсендилерине интизамий жаза шарасы қолланылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети