Келешегимиз ийелери болған жасларымыздың арзыў-нийетлерин, қәбилетлерин жүзеге шығарыў мәмлекетимиз сиясатының ең әҳмийетли бағдары болып, бул жолда үлкен жумыслар әмелге асырылып атыр. Қоңырат районы ҳәкимлигинде “Жаслар дәптери-Имкәният ҳәм нәтийже” атамасында ашық сәўбет болып өтти. Оған Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети баслығы З.Абдуллаева,
Жаслар ислери агентлиги Қоңырат районы бөлим баслығы Т.Қазақбаев мәҳәллелердеги жаслар жетекшилери ҳәм “Жаслар дәптери” дизиминдеги белсенди жаслар қатнасты.
Ашық сәўбет барысында усы жылдың 11-апрель күни ҳүрметли Президентимиз басшылығында жаслар сиясаты тараўындағы жумыслар нәтийжелилигин асырыў ҳәмде олар менен ислесиў системасын және де жетилистириў мәселелерине арналған видеоселектор жыйналысы болып өткен еди.
Жыйналыста жаслар менен ислесиўдиң жаңаша системасын енгизиў бойынша ең әҳмийетли ўазыйпалар атап өтилди. 14-30 жас арасындағы жаслардың социал-экономикалық жағдайы, қәбилийети ҳәм қызығыўшылығы үйренип шығылып, “Жақсы”, “Орта” ҳәм “Аўыр” болған 3 тайпаға ажыратылды. Олар менен мәнзилли ҳәм анық критерияларға таянған ҳалда ислесиў бойынша тапсырмалар берилген еди ҳәм сондай-ақ “Жаслар дәптери”не кириў критериялары, оларға берилетуғын имтиязлар ҳәм жаратылған имкәниятлар ҳаққында атап өтилди. Жасларға берилген имкәниятлардан пайдаланып өз жумысын жолға қойған жаслар берилген имкәниятлардан қандай тәртипте пайдаланғанлығы ҳәм алдағы режелери ҳаққында атап өтти.