Қоңырат районы 2-сектор баслығының көшпели қабыллаўы болып өтти

Қабыллаў

Пуқаралардың турмыслық машқалаларын өз ўақтында сапластырыў, халық пенен ашық ҳәм туўрыдан-туўры байланысты күшейтиў бүгинги күнниң тийкарғы ўазыйпасына айланбақта. Қоңырат районы 2-сектор баслығы Ж.Муфтуллаевтың физикалық ҳәм юридикалық шахслар ушын нәўбеттеги қабыллаўы болып өтти.
Қабыллаў даўамында пуқаралардың түрли турмыслық мәселелерге байланыслы болған бир қатар мүрәжатлары қабыл етилип, пикир-усыныслары тыңланды.
Айырым мүрәжатлар бойынша тараў қәнигелери тәрепинен мурәжат ийелерине түсиниклер берилди. Мүрәжатлардың үйренилиў процесси район прокуроры қадағалаўында болатуғынлығын атап өтти

Skip to content