Сайлаў 2023
2023-жыл 24-май күни Қоңырат районы Әжинияз АПЖ, Таллық МПЖ, Жаслық ППЖ, Қоңырат мәкан пуқаралар жыйыны баслықлары (ақсақалы) лаўазымына сайлаў болып өтти.
Аймақ турғынлары өзлери мүнәсип деп билген талабанларға даўыс берди.
Сайлаў жуўмағына көре
1.Әжинияз аўыл пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) лаўазымына Марат Рамбергенов сайланды.
2.Таллық мәкан пуқаралар жыйыны басығы (ақсақалы) лаўазымына Полат Қазахбаев сайланды.
3. Жаслық посёлка пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) лаўазымына Турсынбай Утепов сайланды.
4.Қоңырат мәкан пуқаралар жыйыны баслығы
(ақсақалы) лаўазымына Гулзада Юлдашева сайланды.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети