Ҳүрметли районымыз турғынлары!
Үргенч Трансгаз кәрханасының 17-май күнги 977-Д санлы телефонаграммасына тийкар Қоңырат УМГ тәрепинен Қоңырат АГРС-30де газ есаплаў үскенесиниң мәмлекетлик көриктен өткерилиўине байланыслы 2023-жыл 19-май күни саат 14:00ден 17:00 ге шекем Санаат, Қоңырат, Тарақлы, Азатлық, Темир жол, Наўайы, Гүлабат, Алмазар, Бостан, Жиңишке, Ҳәким ата, Түркистан, Мыңжарған мәкан пуқаралар жыйынлары ҳәм Қоңырат, Қаңлы, Өрнек, Кийет, Мийнетабат, Әдебият аўыл пуқаралар жыйыны аймақларын газ бенен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.
Пуқаралардан газ тармақларында үзилис болған ўақытта қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиўин сораймыз.
@qongiratrkuz