Бүгин Абу Али ибн Сино атынағы жәмийет саламатлығы техникумы, 1-сектор штабында Қоңырат районы ҳәкими,1-сектор баслығы Б.Мадаминов ҳәм сектор баслықларының юридикалық ҳәм физикалық шахслар ушын нәўбеттеги қабыллаўы болып өтти. Қабыллаўға район аймағындағы мәкеме-шөлкем басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары, ҳәким жәрдемшилери, ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм жаслар жетекшилери қатнасты.
Пуқаралар тийкарынан бәнтлик, медициналық жәрдем көрсетиў, коммуналлық хызметлердиң сапасын асырыў ҳәм материаллық жәрдем ажыратыў сыяқлы мәселелер бойынша мүрәжат етти.
Айырым мүрәжатлар бойынша тараў қәнигелери тәрепинен мурәжат ийелерине ҳуқықый түсиниклер берилди. Шешилиўи ушын ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар бойынша район ҳәкими тийисли тараў қәнигелерине анық тапсырмалар берди ҳәм мүрәжатлардың үйренилиў процесси район ҳәкиминиң қадағалаўында болыўын атап өтти.
Қоңырат районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети