ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

ACWA Power компаниясы Қарақалпақстанның Қоңырат районында қуўатлылығы  1500 МВт болған самал электр станциясын қурыўды режелестирмекте

Усыған байланысты ACWA Power компаниясы ўәкиллери самал электр станциясының қоршаған орталыққа тәсирин баҳалаў (ESIA) бойынша жергиликли жәмәәтлер менен ушырасыўлар өткереди.

Ушырасыўға жергиликли басқарыў уйымлар ўәкиллери, ҳаял-қызлар, жаслар ҳәм билимлендириў шөлкемлери ўәкиллери қатнасыўы мүмкин.

Ушырасыўлар төмендеги кесте тийкарында усы жылдың 19-20-май күнлери болып өтеди:

19-май күни саат 10:00 де Қоңырат районы ҳәкимлиги имаратында ҳәм саат 14:00 Елабат посёлка пуқаралары жыйынында;

20-май саат 10:00 де Қырққыз посёлка пуқаралары жыйынында ҳәм саат 14:00 Жаслық посёлка пуқаралары жыйынында.

Байланыс телефоны: +998903197721 Саида Юсупова, Green Business Innovation бөлиминиң баслығы

@qongiratrkuz

Skip to content