Социаллық тармақларда “”Қоңырат саўда комплекси” ЖШЖ исбилерменлерден инфра ҳәм ижара төлемлерин турақлы түрде жыйнап келмекте, бирақ исбилерменлер ушын инфра шәртнамасында көрсетилген хызметлер дерлик жоқтың қасында”,- деген мазмунда сын мақала жәрияланды. Бул бойынша “Қоңырат саўда комплекси” ЖШЖ админстрациясының берген мағлыўматларына тийкарланып район ҳәкимлиги төмендегилерди мәлимлейди.
Мүрәжат ийеси болған пуқара В.Т “Қоңырат Саўда комплекси” ЖШЖде шаштәрезхана ашып, бирнеше жыллардан берли халыққа хызмет көрсетип келмекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2010-жыл 10-апрель күнги “Дийхан базарлары ҳәм саўда комплекслери искерлигин шөлкемлестириўди және де жетилистириў ис илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-1326-санлы қарарына тийкар “Қоңырат саўда комплекси” ЖШЖ аймағындағы исбилерменлик субьектлери ийелеринен көрсетилген хызметлер ушын(Инфра төлеми) төлемлер өндирилип келинбекте. Пуқара В.Т жоқарыдағы қарарға тийкар төлениўи лазым болған төлемлерди төлеўден бас тартып келмекте.
2022-жыл 29-сентябрь күни “Қоңырат саўда комплекси” ЖШЖ пайдасына пуқара В.Т дан 13307084 сум қарыздарлықты өндириў бойынша суд қарар шыққан болсада, усы күнге шекем төлеўден бас тартып келмекте.
Пуқара В.Т өз мүрәжатында жәмийет тәрепинен хызметлер көрсетилмей атырғанлығын баян еткен. Бирақ пуқараның исбилерменлик имаратының әтираплары турақлы түрде тазаланып барылмақта ҳәм шығындылар толық алып шығылмақта. Соның менен бирге, жәмийет тәрепинен үзиликсиз видеобақлаў камералары ҳәм жақтыландырыў шырақлары орнатылғанлығын ҳәм шәртнама шәртлери толық түрде орынланып атырғанлығын мәлимлеймиз.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети