Социаллық тармақларда “Опен Бюджеттен утып шыққан екен” атамасында видеокөринислер тарқалды. Бул бойынша район ҳәкимлиги төмендегилерди мәлимлейди.
Видеокөринисте сәўлеленген ишки жоллар Қоңырат районы “Көкдәрья” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Майлыбай аўылында жайласқан болып, аймақтан өтиўши орайлық коллекторда гидротехникалық қурылмаларды қайта реконструкция қылыў бойынша смета ҳүжжетлери ислеп шығылған.
Смета ҳүжжетлеринде гидротехникалық қурылмаларда қурылыс оңлаў жумыслары жуўмақланғаннан соң қурылманың үстинги тәрепине асфальт төселиўи белгиленген.
Қурылыс оңлаў жумыслары даўамында видеокөринислерде сәўлеленген ишки жол қазылып, астынан суў өтиўши қубырлар өткерилген.
Буннан соң, смета ҳүжжетлерине тийкар қазылған жол кәрхана тәрепинен толық қайта оңланып, суў қубырлары өткерилген бөлегине қара қапламалы асфальт төсеў жумыслары әмелге асырылған.
Бул ишки жоллар бойынша аймақ турғынлары тәрепинен “Ашық Бюджет” ҳәм “Мениң жолым” порталларына усыныслар киритилмеген ҳәм социаллық тармақларда “Опен Бюджеттен утып шыққан жол екен”,-деген мағлыўматлар тийкарсыз есапланады.
Усы орында социаллық тармақлардағы канал ийелеринен ҳәр қандай мағлыўматты толық үйренип шығып, буннан соң жәриялаўын усыныс етемиз ҳәм жалған мағлыўмат тарқатқанлық ушын нызамшылық бойынша жуўапкершилик белгиленгенлигин ескертемиз.
@qongiratrkuz