ЖЕТИ ШАХС ШӘРТЛИ ТҮРДЕ АЗАТ ЕТИЛДИ

2023-жылы 28-апрель күни Қоңырат районы “Қоңырат” мәкан пуқаралар жыйыны  имаратында көшпели суд мажлиси откерилди.
Жынаят ислери бойынша Қоңырат районы суды баслығы Е.Бердиевтың басшылығында болып өткен суд мәжлисинде Жынаят ислери бойынша районлық суды пробация топары есабында турып жаза мүддетин өтеп атырған 7 шахс жаза өтеў дәўиринде ислеген жынаятынан шын кеўилден пушайман болып, мийнетке ҳадал мүнәсибетте болғанлығы себепли Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 73-статьясына тийкар мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди.

 

Skip to content