Бүгинги күнде елимизде ҳаял-қызларға ғамхорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың социал-экономикалық турмыстағы ролин беккемлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының басламасы менен ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин беккемлеў мақсетинде “Инсан қәдри-Бирде-бир ҳаял-қыз өз дәрти менен жалғыз қалмайды” атамасында ҳәр қыйлы илажлар шөлкемлестирилди.
Илаж шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша қәнигелери, Қарақалпақстан Республикасы ҳаял-қызлар комитети, Қарақалпақстан Республикасы ИИМ жуўапкер ўәкиллери ҳәм “Саламат әўлад ушын” халықаралық қайырхомлық фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен район аймағында жасаўшы “Ҳаяллар дәптери” дизиминдеги ҳаял-қызлардың ҳалынан хабар алынып, оларға азық-аўқат өнимлери, кийим-кеншек, бийпул дәри-дармақларберилип, ҳәр қыйлы жәрдемлер көрсетилди.
Атап айтқанда, район аймағында жасаўшы жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар Қоңырат районы Медицина бирлеспесине қараслы көп тармақлы поликленикасында бийпул медициналық көриктен өткерилип, олардың зәрүрликлеринен келип шыққан ҳалда дәри-дәрмақлар берилди.
Илаждың жуўмақлаўшы бөлими Абу Али ибн Сино атындағы жәмийет саламатлығы техникумында шөлкемлестирилип, исбилерменлик бойынша арнаўлы курсларды жуўмақлаған ҳаял-қызларға сертификатлар тапсырылып концерт бағдарламасы менен даўам етти.