Бүгин район орайындағы “Локомотив” спорт майданшасында футбол ҳәм киши футбол бойынша “Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги” футбол жарысларының районлық басқышының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Илажға район ҳәкими Б.Мадаминов, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қоңырат районлық бөлими баслығы Ш.Тагаев, район нураныйлары ҳәм спортшы жаслар қатнасты. Илажда сөзге шыққанлар жас спортшыларға алдағы ойынларда әўметлер тиледи.
Буннан соң 39 команда 4 топарға бөлинип, дәслепки ушырасыўларға старт берилди.
Футбол жарысларының районлық басқышы апрель-май айлары даўамында өткерилип, жеңимпаз командалар кейинги басқышқа жоллама алады. Жарыстың районлық басқышына 1000 нан аслам мәҳәлле жасларының қамтып алыныўы режелестирилген.
Ашылыў салтанаты районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети