Мүбәрек рамазан айында саўаплы ислер даўам етпекте

Районымызда мүбәрек рамазан айы мүнәсибети менен аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйыны аймақларында  район ҳәкимлиги тәрепинен аўыз ашар дастурханлары жайылмақта. Бүгинде усындай саўаплы ислер даўам етип, районымыздағы пайызлы орынлардың биринде “Әжинияз” АПЖ аймағында жасаўшы социаллық дәптерлер дизиминдеги ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақлар ушын аўыз ашар дәстурханы жайылды. Саўаплы иске аймақ жаслары да бас қосып, бийпул такси хызметин жолға қойды ҳәм аймақта жасаўшы жәрдемге мүтәж шаңарақлардың келип кетиўи ушын имкәният жаратты.

Илажда сөзге шыққанлар бәршени мүбәрек рамазан айы менен қутлықлады.  Соның менен бирге, бүгинги күндеги елимизде ҳүким сүрип атырған тынышлықтың қәдирине жетиў, миллетлер аралық татыўлық, диний кеңпейиллик ҳәм басқа да руўхый-ағартыўшылық

мазмунында түсиник жумыслары алып барылып, елимиздиң пәраўанлығы ушын қуръан сүрелери оқылды. Жыйналғанлар бундай саўаплы ислерге бас қосқан бәршеге өзлериниң шексиз миннетдаршылықларын билдирди.

Skip to content