Мүбәрек рамазан айында саўаплы ислер даўам етпекте

Бүгин Қоңырат районы 2-сектор аймағына қараслы “Қашы”  ҳәм “Моншақлы” мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқаралар ушын  район ҳәкимлиги ҳәм Қоңырат районы Мәҳәлле қайыр-сақаўат фонды тәрепинен мүбәрек Рамазан айы мүнәсибети менен ифтарлық дәстүрханы жайылып ҳүрмет көрсетилди.


Жыйналғанларды район ҳәкимлиги, диний тараў ўәкиллери ҳәм басқалар жаңа айдың басланыўы менен қутлықлап Ораза тутып,  парызын орынлап,  елимиз раўажланыўына тилек билдирип атырған барлық мүмин мусылманларға тилеклери қабыл болыўларын тиледи.


Жыйналғанлар бундай саўаплы ислер ушын Президентимизге өзлериниң шексиз миннетдаршылықларын ҳәм шүкираналықларын билдирди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Skip to content