Бүгин 1-сектор штабында район ҳәкими Б.Мадаминовтың юридикалық ҳәм физикалық шахслар ушын нәўбеттеги қабыллаўы болып өтти. Қабыллаўға район ҳәкими менен биргеликте мәкеме-шөлкемлер басшылары қатнасты.
Қабыллаў даўамында келип түскен ҳәр бир мүрәжатты сол орында үйренип шығып, оның шешимин табыў илажлары көрилди. Пуқараларды қыйнап киятырған ҳәр бир мәселеге толығы менен тийисли тараў басшыларының итибары қаратылып, орнына барып үйрениў зәрүрли бар болған мүрәжатлар ушын тийисли тәртипте мүддет белгилеп берилди ҳәм жуўмағы қадағалаўға алынды.
Қабыллаў жуўмағында келип түскен мүрәжатларды белгиленген мүддетлерде үйренип шығыў ҳәм орынланыўын тәмийинлеў бойынша тийисли жуўапкерлерге қатаң тапсырмалар берилди.
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети