Бүгин Қоңырат районы ҳәкимлигиниң киши мәжлислер залында Қоңырат районы Мәҳәллебай ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы қәнигелери, ҳәким жәрдемшилери ҳәм ҳәкимликтиң мәлимлеме хызмети қатнасында 2022-жыл жуўмақлары ҳәм жаңа 2023-жылда белгиленген режелер, сондай-ақ, ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумысдарды ҒХҚ арқалы жарытыў мәселелерине бағышланған баспа сөз конференциясы болып өтти.
Онда, Қоңырат районы Мәҳәллебай ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы баслығы Ж.Булатов сөзге шығып, ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берди.
Буннан соң Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети баслығы З.Абдуллаева сөзге шығып аймақларда әмелге асырылып атырған жумысларды ҒХҚ арқалы жарытыўда жақыннан ислесиў ҳәм оператив мағлыўмат алмасыў процесслерин жолға қойыў мәселелерине тоқталып өтти.
Қатнасыўшылар тәрепинен унамлы жумыслар менен бир қатарда, жол қойылған қәте-кемшиликлер де атап өтилип, пикир-усыныслар билдирилди.
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети