Исбилерменлер ҳәрекети-Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қоңырат районлық Кеңеси жанындағы Баркамал аўлад балалар мектеби басланғыш партия шөлкеминиң есабат сайлаў жыйналысы болып өтти. Басланғыш партия шөлкеми мажилисиниң күн тәртибинде: ӨзЛиДеП Қоңырат районлық Кеңеси жанындағы Баркамал аўлад балалар мектеби басланғыш партия шөлкеми тәрепинен 2022-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында есабаты тыңланды.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылып Баркамал аўлад балалар мектеби басланғыш партия шөлкеминиң баслығы ҳәм оның орынбасары сайланды. Соның менен бирге Басланғыш партия шөлкеминиң 2023-жыл ушын ис режесин
тастыйыклады сондай -ақ Жаңа Өзбекстан 2022-2026 жылларға мөлшерленген раўажланыў стратегиясы ҳәм 2023 -жыл “Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылында әмелге асырылыўы белгиленген мәмлекетлик дәстүрдеги ўазыйпалардан келип шығып басланғыш партия шөлкеминиң 2023-жылдағы тийкарғы ўазыйпалары белгилеп алынды.