Бүгин 21- февраль күни 1-сектор штабында пуқаралар ушын қабыллаӯы болып өтти.Қабылаӯға район ҳәкиминиң орынбасары А.Мамутов ҳәм мәкеме-шөлкем басшылары қатнасты.
Қабыллаў даўамында тараўлар бойынша пуқаралардың мүрәжатларын үйренип атап айтқанда пуқаралар тәрепинен тийкарынан социаллық, материаллық ҳәм медициналық жәрдемлер, бәнтлигин тәмийинлеў,
газ, электр энергиясы, ишимлик суўы ҳәм ишки жоллар бойынша мүрәжатлар билдирилди.Көпшилик пуқаралардың мүрәжатлары сол ӯақыттың өзинде унамлы шешим тапқан болса, мүрәжатлардың шешилиўи ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынды.