(Qaraqalpaqsha) Үгит-нәсият илажлары даўам етпекте

Ҳүрметли Президентимиз басшылығында 2022-жыл 17-июнь күни өткерилген видеоселектор жыйналысында белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, Сондай-ақ, Балалар онкогематологиясы системасы машқалаларын үйрениў, аналық ҳәм балалықты қорғаўды және де жетилистириў мақсетинде орынларда тараў қәнигелери тәрепинен турақлы түрде үгит-нәсият илажлары ҳәм ушырасыўлар шөлкемлестирип келинбекте.

Әйне, усындай илажлардың бири бүгин районымыздағы 47-санлы улыўма билим бериў мектебинде өткерилди. Илажға Қоңырат районы ҳәкиминиң орынбасары У.Тилеумуратова, районлық ХСТТҚҚ ҳәм ФБА бөлими шыпакери З.Айтенова, акушер-гинеколог Г.Нагметуллаевалар қатнасты.

Skip to content