Қоңырат районы мектепке шекемги билимлендириў бөлиминде Өзбекстан Республткасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 14-октябрь күнги “Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда мәмлекетлик органлар ҳәм шөлкемлердиң қараўыллық бөлимлери жумысларының нәтийжелилигин асырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы 598-санлы қарарының мазмун-мәнисин түсиндириў мақсетинде ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўға ҚР.ИИМ Биринши зоналлық аймақ муўапықластырыў орайы ЖҚТ АТБ инспекторы капитан Р.Ж.Ерниязов, ППХ отрядь командири майор Б.Ерлепесовлар менен биргеликте район аймағындағы билимлендириў шөлкемлериниң қараўыллары қатнасты. Ушырасыў даўамында жүз бериўи мүмкин болған жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда мәкеме-шөлкемлердеши қараўыллық хызметлериниң орны айрықша екенлиги атап өтилди.
Соның менен бирге, мәкеме-шөлкемлер қараўылларының нәўбетшилик сменасы даўамында сергек болыўы, әсиресе түнги ўақытлары бириктирилген аймақты турақлы түрде бақлап барыўы лазымлығы бойынша түсиниклер берилди.