Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Комитет баслығы Ш.Өтемисов районлық 4-сектор баслығы Б.Абатовлар “Санаат” МПЖ
аймағындағы 49-санлы мектепте аймақ турғынлары менен ушырасып, пуқаралардың мүрәжатларын тыңлады. Ушырасыў даўамында пуқаралар тәрепинен ишки жолларды оңлаў, коммунал хызметлер сапасын асырыў, исбилерменлик жумысларын баслаў ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратыў сыяқлы мәселелер бойынша мүрәжат етти.
Соның менен бирге “Санаат” МПЖ аймағының социал-экономикалық раўажланыўы бойынша әмелге асырылып атырылған жойбарлар ҳаққында кең түрде тусиниклер берилип, пикирлер алмасылылды.
Сондай-ақ, ушырасыўда, Президентимиз ҳәм Қарақалпақстан Республикасы басшылығы тәрепинен халықты социал-экономикалық жақтан қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслардың әҳмийети, энергия үнемлеўши үскенелер ҳәм қуяш панеллерин орнатыўдың абзаллықлары түсиндирилди.