Әҳмийетли мәселелер додаланды

Қоӊырат районы ҳәкимлиги мәжилислер залында халық депутатлары районлық Кеӊес депутатлары ҳәм пуқаралар жыйынлары баслықлары қатнасыўында мәжилис болып ѳтти. Мәжилис күн тәртибинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы А.Орынбаевтыӊ басшылығында ѳткерилген «Қоңырат районын социаллық-экономикалық раўажландырыў,  кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәмде инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы жумыслар ҳаққында»ғы мәжилис баянламасыныӊ орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2023-жыл 2-февраль күнги «Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыс шәраятларын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы 52-санлы қарары талапларынан келип шығатуғын ўазыйпалар додаланды.


Жыйналысқа Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ комитет баслығы Ш.Отемисов қатнасып, жергилкли кеӊес депутатлары ҳәм мәҳәлле баслықларыныӊ баянлама шешиминиӊ орынланыўында кешиктирип болмайтуғын ўазыйпалар белгилеп алынды.
Атап айтқанда Қоӊырат районында 2023-жылда

“Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында жәми 74,3 млрд.сўмлық жеңиллетилген кредитлердиң толық өзлестирилиўин тәмийинлеў, жыл жуўмағына шекем жаңадан режедеги 10699 жумыс орынларын толық жаратыў мәселелеринде депутатлық ҳәм жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў бағдарында исленетуғын тийкарғы жумыслар белгилеп алынды.

 

Skip to content