Бүгин Қоңырат районында Аўғаныстандағы әскерий ҳәрекетлердиң тамамланғанына 34 жыл толыўы мүнәсибети менен салтанатлы иләж өткерилди.
Бунда, район ҳәкиминиӊ орынбасары А.Мамутов райондағы бир қатар жаўынгер ветеранлар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасыўында «Ҳәсиретли Ана» естелигине гүл шеңберлери қойылды.
Буннан соң, районымыздағы пайызлы орынлардың биринде ветеранларға байрам дәстурханы жайылды.
Иләжде сөзге шығып сөйлеўшилер, Ўатанымызда ҳүким сүрген тынышлықтың қәдирине жетиў ҳәм сол ўақытлардағы көрген қыйыншылықларын айтып өтти. Салтанатлы кеше районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.