Рәсмий жуўап

Социаллық тармақлардың биринде, Қоңырат районы “Түркистан” МПЖ Қарақурсақ аўылының ишки жолларының жаўын-шашынлы күнлерде жарамсыз ҳалға келип қалатуғынлығы бойынша сын видеокөринис жәрияланды. Бул бойынша район ҳәкимлиги төмендегилерди мәлимлейди:

Видеокөринисте сәўлеленген “Түркистан” МПЖ Қарақурсақ аўылы ишки жолының 1.9 км аралығына ШПС төсеў жумыслары 2023-жылы даўамында ишки жолларды реконструкция ислеў бойынша “Мәнзилли дизими”не киритилген болып Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 6-сентябрь күнги 500-санлы қарарына муўапық Қоңырат районыда 2023-жыл топырақ жолларды қум-шағал жолларға өткизиў бойынша алып барылатуғын жумыслардың ” Мәнзилли дизими”не киритилген болып бул аймақтағы будан басқада тәмирталап ишки көше жолларды оңлаў жумыслары 2023-2024 жылларда Қоңырат районында жол-транспорт инфрадүзилмесин раўажландырыў бойынша әмелге асырылатуғын жойбарлардың “мәнзилли дизими”не киритилиўине усыныс еткенлигин мәлим етип билдиремиз.

 

Skip to content