Район ҳәкиминиң жеке қабыллаўы өткерилди

Бүгин 1-сектор штабында район ҳәкими Б.Мадаминовтың юридикалық ҳәм физикалық шахслар ушын нәўбеттеги қабыллаўы болып өтти. Қабыллаўға район ҳәкими менен биргеликте ҳәким орынбасарлары ҳәм мәкеме-шөлкемлер басшылары қатнасты.

Қабыллаў даўамында район халқының түрли тараўларға байланыслы машқалалары менен бирге талап ҳәм усыныслары тыңланған болса, мүрәжатлардың көпшилик бөлеги сол орынның өзинде шешим тапты.

Мүрәжатлардың көпшилик бөлеги бәнтлик, жол қурылысы, медициналық жәрдем көрсетиў ҳәм коммунал хызметлер сапасын асырыў сыяқлы мәселелер менен байланыслы болды.

Қабыллаў жуўмағында келип түскен мүрәжатларды белгиленген мүддетлерде үйренип шығыў ҳәм орынланыўын тәмийинлеў бойынша тийисли жуўапкерлерге қатаң тапсырмалар берилди.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

Skip to content