“БИР МИЛЛИОН ДӘСТҮРШИ” ЖОЙБАРЫ ШЕҢБЕРИНДЕ ЗАМАНАГӨЙ КОМПЬЮТЕРЛЕР ТАПСЫРЫЛДЫ

Өзбекстан Республикасы  Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 29-ноябрь күнги «Жасларды Бир миллион дәстүрши жойбары шеңберинде оқытыў бойынша қосымша ис-иләжлары ҳаққында»ғы  716-санлы қарары тийкарында Қоңырат районы халық билимлендириў бөлимине қараслы 5-, 8-, 14-, 34-, 38-, 46-санлы улыўма орта билим бериў мектеплери жергиликли бюджет есабынан жәми 96 дана заманагөй компьютерлер ҳәмде қосымша үскенелер менен тәмийинленди.

Бүгин, район ҳәкиминиң орынбасары А.Мамутов, районлық халық билимлендириў бөлими баслығы Ф.Ергулановалар жоқарыдағы улыўма билим бериў мектеплерге компютер ҳәм қосымша үскенелерди салтанатлы түрде тапсырды.

Бул компютер қурылмалары оқыўшылардың заманагөй билимлерди өзлестириўинде ҳәм мектеп дәўиринен баслап информацион технологияларды толық меңгериўинде әҳмийетли саналады.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Skip to content