Жәрдемге мүтәж шаңарақларға көмек көрсетиў, оларға меҳир үлесиў халқымызға тән әзелий ағла пазыйлетлеримизден саналады. “Меҳир ҳәрекети” шеңберинде әмелге асырылып атырған ийгиликли ҳәм саўаплы ислер аўыр шәраятта жасап атырған шаңарақларға үлкен қуўаныш алып кирмекте.
Бүгин, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри орынбасары Ш.Таджимуратов, район ҳәкиминиң биринши орынбасары Ж.Сейтмуратов ҳәм тараў хызметкерлери Қоңырат районы Тарақлы МПЖ аймағында жасаўшы жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳалынан хабар алып, оларды байрам менен қутлықлады ҳәм министрлик тәрепинен шөлкемлестирилген азық-аўқатлық өнимлерин ҳәм жасаў шәраяты аўыр шаңарақлардың қыстың аязлы күнлеринен саў-саламат шығыўы ушын 10 тонна көмир жеткерилип берилди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети