РӘСМИЙ МҮНӘСИБЕТ

Социаллық тармақларда Қоңырат районы “Алмазар” МПЖ аймағындағы ишки жоллардың жарамсыз ҳалға келип қалғанлығы бойынша сын видеокөринис жәрияланды.

Бул бойынша район ҳәкимлиги төмендегилерди мәлимлейди:

Қоңырат районы “Алмазар” МПЖ аймағында 24,96 км ишки жоллар бар болып, 2022-2023 жыллар даўамында ишки жолларда толық реконстурция жумыслары әмелге асырылады. Аймақта басланған абаданластырыў жумыслары нәтийжесинде, 18,8 км жоллар қум-щебень араласпалы, 4 км.ге шамалас жол асфальтобетон, 2,2 км жол цементобетон қапламалы жолларға айландырылады.

Аймақта, 2022-жылдың декабрь айынан абаданластырыў жумыслары басланды ҳәм ҳәзирги күнде қурылыс жумыслары қызғын пәтлер менен даўам етпекте.

Skip to content