Қубла Үстирт халқының және бир мүрәжаты унамлы шешим тапты

Жақында ғана Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат районынан дерлик 200 км қашықлықтағы Устирт тегислиги үстинде жайласқан Қубла Устирт аўылында болып, аўыл турғынлары менен ушырасқан еди.

Ушырасыўда аймақ турғынлары өзлери ушын зәрүр болған бир қатар мәселелер, атап айтқанда бақша жасындағы 23 баланы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине қамтыў мәселеси бойынша да Жоқарғы Кеңес баслығына мүрәжат еткен еди.

Бүгинги күнге келип, аймақ турғынларының бул мүрәжаты толық қанаатландырылып, “Жаслық” ППЖ аймағындағы 21-санлы МШБШ ниң филиалы салтанатлы түрде ашылды. Илажға район ҳәкими Б.Мадаминов, сектор басшылары, район ҳәкими орынбасарлары, жуўапкер шөлкем ўәкиллери менен биргеликте аймақ турғынлары қатнасты.

Илажда район ҳәкими Б.Мадаминов сөзге шығып келешегимиз ийелери болған балаларды ҳәр тәреплеме жетик ҳәм маман кадрлар етип тәрбиялаўда бүгинги күндеги МШБШ лериниң орны әҳмийетли екенлигин айрықша атап өтти ҳәм шөлкем хызметкерлериниң жумысларында табыслар тиледи.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content