Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлигиниң усынысына тийкар, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Белгили мәмлекетлик ғайраткер, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тәжетдинович Ерниязовтың 75 жыллығын кең түрде белгилеў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.
Бүгин усы қараға муўапық Қоңырат районы Мәденият сарайында өзиниң билим ҳәм тәжирийбеси менен елимиздиң раўажланыўы жолында аянбай мийнет еткен белгили жәмийетлик искер, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тәжетдинович Ерниязовтың туўылғанына 75 жыл толыўы мүнәсибети менен еслеў кешеси өткерилди.
Еслеў кешесине район ҳәкими Б.Мадаминов, ҳәким орынбасарлары, район белсендилери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Онда сөзге шыққан район ҳәкими Б.Мадаминов М.Тажетдиновичтиң мийнет жолы, Қарақалпақстан Республикасының социал-экономикалық раўажланыўына, халқымыздың турмыс пәраўанлығының артыўына қосқан үлкен үлеси ҳаққында айрықша атап өтти.
Сондай-ақ, Муса Тәжетдинович Ерниязовтың өмири ҳәм социаллық-сиясий искерлиги сәўлеленген ҳүжжетли фильм жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети